СӘРКАРДА
Қарақалпақша
ат. (п.
— басшылық етиўши, әскер басы).
Басшы, сәрдар, жолбасшы.
Айбатланған сәркардасы қырқ қыздың, Аз да болса айтатуғын сөзим бар («Қырқ қыз»).
Сүйип-сүйип қәбир тасын, Тумарис орнынан турды, Жыйнап барлық сәркардасын, Тан атқанша кеңес қурды (И.Юсупов).
Бирақ, ерксиз аққан көз жаслары қанға араласып, бетин жуўыўы менен, Маман бийдиң сәркардалығында аўылдан топар-топар шығып баратырған атлыларға қосылған ери көзден ғайып болғанша қозғалмай, ақ жаўлығының шашағы менен қосыла, майда бурымлары самал епкинине желкилдеген қалында, баласын қушаклап қатып қалды (Т.Қайыпбергенов).