⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СӘДЕП

Қарақалпақша

ат. Кийимнин жағасын, пешин бир-бирине илдирип қойыў ушын иеленген зат, илгек. Онын қатара ернегине алтындай етип сәдеп қадаған (К.Султанов). Оның ноғайы жағалы ақ камзолының ақ сәдеплеринен баслап, ҳәр бир қыймылына танланыўдын ба, қызғаныштың ба, я қорқыныштың ба, жаман көзлери менен қарап, ол биреўдиң алдына кеса қойып атырса да, нанларды ғаррыларға қолайлап печьке қыздырып, атырса да, көз алмады (Т.Қайыпбергенов). Көкирегиндеги Георгий крести кителинин жез сәдеплерине соклығысып жыңғырлады (К.Кәримов).