СҮҢГИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Суўға батыў, шүмиў.
Бир ўақытта Бөрибай суўға сүңгип жоқ болып кетти (А.Бекимбетов).
Аттың жал куйрығы суўға сүңгип шыққандай сабалақ-сабалақ собықласып қалғанына қарағанда шабарман жасаўылды көриўден далбай қағып шаба берген (К.Султанов).
Қыз суў шашып қашар, жигит куўалар, Жүзғе шарп-шарп тийер суў моншакдары, Жигит сүңгип келип қушақлап алар, Дәрья болып ағар көўил қумары (И.Юсупов).
Жас балаға шекем қаст етсе, қысында үки ойып, илме менен, жазында суў астына сүңгип-ақ бирли-ярым балық тутыўына имканият бар (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Кириў, суғылысыў, араласыў.
Айымжамал аламанның ишине сүңгип кетти (Ө.Хожаниязов).
Келе сала отаўдың аўзындағы жигит пенен ғүрриңлесип ишке сүңгип кирди (К.Султанов).
Ўатанымның таўларының шыңында, Суңқар қустай палапанын түлеткен, Сүңгий билсин деп ушырар даўылға, Жөнелтерде шайыр сени жүректен (И.Юсупов).
Үлкен улы Убайдулла султан сүңгип кирди (Т.Қайыпбергенов).
Ол ишкериге сүңгип кирди (К.Кәримов).