СҮРТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Тазалаў, сыпырыў.
Палўан фуражкасын алып, көзин қол орамалы менен сүртти (Ө.Айжанов).
Кемпир оң қолының бастан тете бармағы менен көзиниң кирпиклерин сүртип, гүрсинип орнынан сүйретилип турды (К.Султанов).
Полат минезли сол адамның көзлерин алма-гезек сүртип турғанының үстине келип, табанын шегелегендей сәррийди (Т.Қайыпбергенов).
Диван кроваттың үстине такдаўы менен турған бет-қол сыпыратуғын, аяқ сүртетуғын, жуўынатуғын сүлги, көпшик қап, простина ҳәм одеяло қапларды таслады (М.Нызанов).
2. Жағыў, ысқылаў.
Жалаңаяқ май топырақты шаңғытып, Барлық соқпағыңнан жуўырар едим, Бурқып аққан ылай суўын Әмиўдин, Жүзлериме сүртип, жуўынар едим (И.Юсупов).
Муғаллимниң үйретиўи бойынша ғана әўели қолларыма, соң бетиме, мойныма, басыма сүрте басладым (Т.Қайыпбергенов).
3. аўыс. Жумсаў, пайдаланыў.
Мүтәжге сүрт, сарп етпегил басқаға (Ә.Шамуратов).