⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮРНИГИЎ

Қарақалпақша

ф. Қағылыў, сокдығыў, дүгилиў, жығылыў, кулаў. Жаңылмас жақ болмас, Сүринбес туяқ болмас (ққ.х.н.). Жолға шапсам неден атым сүрникти, Гөя ақыр заман жақын көринди (Омар). Қәдир сүзек кеселден жаңа турғандай дәрманы курып, аяғын сүрниге басып, пароход кетип баратырған жаққа қарай жағысты жағалап жуўырды (К.Султанов). Мине, усылай ойлап киятыр ойшыл, Аяқ сүрниккенде ойлар серпилер, Бул үш күн мысалы үш азаплы жыл, Узақ ўақыядай болып елеслер (И.Юсупов). Олардың ҳәммеси кисиниң есинде кала берғенде, онда оның өз басы бир өзине аўырлық қылып, хәр адымда сүрнигип жығыла берер еди (Т.Қайыпбергенов). Оның жүриси өнбес, адым жерде еспе кумлар менен тамыры суўрылайын деп турған қаңбакдарға сүрнигип, еңтерилип барып турып кетер еди (М.Нызанов).