СҮРМЕ
Қарақалпақша
ат. Қас хәм кирпикти бояйтуғын бояў.
Пәрең орамалын оран, Ара берип өзине, Сүрме жағып көзине («Мәспатша»).
Маған өзлериңиз сыбырлап жаста, Шақырған жериңизде болсам деп келдим, Сизлердиң изиңиз түскен ҳәр тасты, Көзлериме сүрме қылсам деп келдим (И.Юсупов).