СҮРИЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Айдаў, аўдарыў, жарыў.
Атаўдын бәлент жерлерине қос әкелип сүрди («Қырқ қыз»).
Егисликте таза усыл қолланып, Барлық жерди сүрдик трактор менен (Ж.Аймурзаев).
Өзи суўын ашып, Өзи жер сүрип, Дийкдншылық етип жүргендей бунда, Зәбердес дигилдиклер балағын түрип, Жүрер шыр-пыр болып шелдиң басында (И.Юсупов).
Бегдулла менен және бир киси, атамның атқосшысы Омар пилтабанлық етип, улы Нурабылла менен өгиз орнына гүнде сүйресип, жер сүрип атыр (Т.Қайыпбергенов).
2. Сүрги менен ағаштың жүзин алыў, тегислеў, қырыў.
3. Ысырыў, ийтериў.
Қурашын желкеге сүрип бир ўақга, Нәзерлеп ол қарсы алдына қарады, Аңлай-аңлай серлеп көрсе узақга, Саллана-долана бир қыз барады (И.Юсупов).
Нәтийжеде балалар өлимшилигин изертлеў және артқа сүрилип бара берер еди (М.Нызанов).
0 Гәштин сүриў — рәқәтленип, қәз етип жасаў.
Мен үш жылдан бери кекселиктиң гәштин сүрип атырғанымды, көшемиз абаданласып атырғанын, ул-қызларым жумыс пенен тәмийинленгенин, шаңарағымыз бенен оғада татыў жасайтуғынымызды аўыз толтырып айттым (М.Нызанов).
Дәуран сүриў — бардамлы жасаў, қыйыншылыксыз өмир кешириў.
Жақсы адам душпанларын күлдирмес, Қолдан келсе аңа дәўран сүрдирмес, Бөри арығын қеш ўақытта билдирмес, Сол жигиттиң жаны қурбан халық ушын (Бердақ).
Заманың бар шалқып дәуран сүрмеге, Суўман десең, тасқын болып ағып өт, Желмен десең, дүбелей бол дүрлеген, Шоқпан десең, жүреклерди жағып өт (И.Юсупов).
Усылайынша үш жыл «кимсең, министрдин атқосшысы» болып дәўран сүрдим (М.Нызанов).
Дүньяны жалпағынан сүриў — ойланбастан, не жеймен, не ишемен демей, соңиаллық жақтан тәмийинленип жасаў.
Биримизди-биримизге билдирмей дүньяны жалпағынан сүрип жүрген, ол бузақы! (М.Нызанов).
Жорға сүриў — бурынғы ўақытлары жорға ат миниў, жақсы, бардамлы жасаў.
Сәмен жорғаның белине минип, жорғасын сүрди («Мәспатша»).
Әтирапына көз жуўыртып отырган Ажар да жорға сүрип шерин таркатып киятырғандай кеўили әласпанда!... (К.Султанов).
Бул заманда жорға сүриў таң емес ғой, дослар, бирақ, Сөйтседағы сазендениң өнерине кеўил инақ, Сулыў сазды тыңдағанда бой жымбырлап, кеўил йошып, Болмассаң ба, шийрин қыял жорғасына мингендей-ақ (И.Юсупов).
Ғарры өсик қасларын көтерип Ырыскул бийди таныды: — Қоңыраттың ханы, ел бүлип атырғанда жорға сүрип жүрсең ғой? (Т.Қайыпбергенов).
Заўқы-сапа сүриў — ойнаў, күлиў, ҳәз етиў, кеўил көтериў.
Аға беглер, болмаң қапа, Сүриң беш күн заўқы-сапа.
Шеккен болсаң жәбириў-жапа, Саған дәрман излер едим (Бердақ).
Ишин сүриў — жулыў, тартыў, бүлдириў.
Бул ақ қустың әрманы көп, Ҳәз етпеди аң аўлап жеп, Қустың ишин сүремен деп, Аталыққа сөз берғениң (Бердақ).
Қыял сүриў — ойланыў, қыялланыў.
Сондай сулыў, сондай сырлы үн менен, Олар тамылжытып сайраған ўакта, Сәўбетлес болғандай «Мың бир түн» менен, Қыял сүрер едим жүрип аўлақга (И.Юсупов).
Өз-өзинен қыял сүрип Кузьма Бородинлерге «сизлер де кайтыңлар, қаракалпақ ели неше мәрте сандалып посса да, еле аман, ҳәммеге дағазалаңлар» деўге нийетленип турады да, өзин әрең иркеди (Т.Қайыпбергенов).
Аттан түсип, пәске карап отырып қыял сүрди (К.Кәримов).
— О-о! — деп ол мойнын пәтикке карай созып қыял сүрди (М.Нызанов).
Өмир сүриў — жасаў, тиришилик етиў.
Шаққан аяқ басып хызмет етпесең, Күнлер көриў қыйын бундай заманда, Ойлап-ойлап мақсетиңе жетпесең, Өмир сүриў қыйын бундай заманда (Бердақ).
Ешамақ пенен Дошамақузақ өмир сүрипти (Қ.Айымбетов).
Сол күнге жеткенше тәбият пенен айкасып өмир сүриў керек (К.Султанов).
Өмир сүрип алпыс жети жыл, Не сынаўдан өтсе де басы, Еле бир жигиттей күши бар, Бүгилмеген полаттулғасы (И.Юсупов).
Бир китаптан оқығаным бар: сырттың сулыўлығы бир қараўға жақсы, жанның сулыўлығы өмир сүриўге жақсы, — деди гәпиниң ақырында (Т.Қайыпбергенов).
Ҳүким сүриў — басқарыў, бийлик етиў.
Бул дүньяға кеўил берген, Өлмеймен деп ғапыл жүрғен, Жети ыкдымға ҳүким сүрген, Искенлер не болған екен? (Бердақ).
Ол кетти, мен қалдым суўдын бойында, Суў пери сыйқырлап кеткендей сонда, Бас айланды бахыт суўын ишкендей, Сырлы бир күш ҳүким сүрип ойымда (И.Юсупов).
Оларды да ўақгында бийлиғи ҳүким сүрип турған, қолларында мөри бар кимселер арзан-ғиреўге сатып алып, аяқ астынан бай болып шыға келғен еди (М.Нызанов).
Сүре жығылыў — жерди сүзип жығылыў.
Есенғелди жолда шаршағаны ушын емес, қуўанышын көтере алмай, үйине кире, төрге сүре жығылды (Т.Қайыпбергенов).