⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮРИЎ I

Қарақалпақша

ат. Жайылып жүрген көп мал, қой, ешки, жылқы хәм т.б. Далаңды қаплаған сүриў-сүриў мал, Жегениң пал-қаймақжая менен жал (И.Юсупов). Түси екенине, оны екенине түсинбей, кешеги сүриўдин, жүрип кеткен изине барды (Т.Қайыпбергенов). Үйлеринен жуўыра-жуўыра шыққан олар дөгеректе сүриўлер менен падаларды көрип қайран қалысты (Қ.Кәримов). Ол жердеги жыбырлаған корабльлерди көрип, көз алдыма суў ишип болып, отарда дем алып жатырған мыңдаған қойлар сүриўи елеслеп кетти (М.Нызанов).