СҮРДЕЎ
Қарақалпақша
ф. Көп жүрилген издин орны.
Есапсыз көп ғунанның сүрдеўин көрди («Мәспатша»).
Енди орыс патшасының жетегине ермесек, басқа сүрдеў жол қалған жоқ (К.Султанов).
Гөне ырашлар — жер тыртығы, Пахта еккен бәрин жығып, Жол өз сүрдеўинен шығып, Жаңа гүзар менен жүрер, Жер жаңарса, жол гөнерер (И.Юсупов).
Оның жер баўырлап жылысқан сүрдеўин, оннан бери неше рет жаўған қар, әлле қашан бүркеп таслаған (Т.Қайыпбергенов).
Кеше ғана атлар шабысқан сүрдеў демде кумшаўыт топырақ пенен көмилип қалған (М.Нызанов).