⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮННЕТ II

Қарақалпақша

ат. Ер баланың қолын хадаллаў, кестириў. Бала жети жасына келди, сүннет еттирип, баланы мектепке берди («Қоблан»). Хожам исерсең, кеберсең, Өз дәўлетиңе теберсең, Ешек пишпеғе шеберсең, Ешек сүннет еткен хожам (Бердақ). Әжинияздың ой-парасаты, зийрек-зейини ағасы Мәтнияздан да, иниси Шәнияздан да өзге сынлы тулға екени сүннет жасынан берли Нуржамалға аян еди (К.Султанов). Қылышынан қан тамған Зулқарнайн шабыўыл менен Жәйҳун бойларына жеткенде, бир саҳабасы мынандай ақыл бередимиш: «Халықтың бағынғанының белгиси, қызларын сүннетке ендирсин» (Т.Қайыпбергенов). Мусылманшылығыңды не менен дәлиллейсең?! Улыңды сүннет еттирмесең! (М.Нызанов).