СҮМЕЛЕК I
Қарақалпақша
ат. Арнаўлы өндирип женшилген бийдай, ун ҳәм май араласпасынан таярланатуғын, Наўрыз байрамы қарсаңында писирилетуғын тағам.
Шазада деген қыздың үйинде қайнататуғын сүмелектиң көгин түйисиўге жыйналды (К.Аралбаев).
Аман бол, сүмелек қайнаткан жеңге! (Маған жеңге болсаң, жаслар «шеше» дер), Нәўбәҳәр оянған айдын кешелер, Шүкирлик етерсең ғәниймет демге, Аман бол, сүмелек қайнатқан жеңге! (И.Юсупов).