СҮЛИҢГИР
Қарақалпақша
кел. Сулыў, көркем, модель.
Шопан қәдди-қәўмети келискен бир сүлиңгир жигит қәлпине келеди (ққ.х.е.).
Сүўен жақлы, сулыўшық, сүлиңгир арық бала сур шекпениниң жағаларын дүзестирип, шәбби асыққай шырп етип түрғелди (Т.Қайыпбергенов).
Жаслығымда тап сениң жаңағы балларыңдай, керек десең олардан да сулыўырақ, узын бойлыдан келген сүлиңгир жигит болдым (М.Нызанов).