⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮЛИК

Қарақалпақша

ат. Курттың аты, қан сорыўшы курт. Қысымы артып дозақтан, Қысылды халқы азаптан, Жермен көбейип жән-жақган, Сүлик киби сорған екен (Бердақ). Снарядлар сүлик киби, Тамырлардың сорды қанын (Ж.Аймурзаев). Ызылдаған сонаның шаққанынан қашып, билдирмей қан сорыйтуғын сүликке тап болмасақ жақсы (Т.Қайыпбергенов).