СҮЙЕНИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсеге денени қойып турыў, таяныў, тирениў.
Ол оң қолына услаған таяғына суйенип турды (Ө.Хожаниязов).
Усы еси жылқы жақында арыклықтан көтереми шығып, қораға суйенип зорға туратуғын еди (К.Султанов).
Жыл өткизип арадан, Аўылға мен бараман, Қос терекке суйенип, Сени еске аламан (И.Юсупов).
Сөйтип жатып, сәл қозғалдым ба деймен, үстимдеги бир көрпе аршаға суйенип отырған ақсакалдың үстине жалп ете калды (Т.Қайыпбергенов).
Ол табақтағыны сыпырып-сыйырып еки асады да, қайтадан диванға суйенди (М.Нызанов).
2. Тийкарланыў, исениў.
Жәлмен де бир нәрсеге суйенип айтып отырған шығар (Т.Қайыпбергенов).
3. Арка бериў, исениў.
Жаманға исенбе, суўға суйенбе (ққ.х.н.).
Себеби, барлық тиришилик тек муҳаббетке суйенип турыпты (Т.Қайыпбергенов).
Пристав қол астындағы бир неше казаклар менен жергиликли ҳәмелларлар — болыслар менен ақсақалларға ғана суйениў мүмкинлигин түсинди (К.Кәримов).
Лекин, оның мына турыста меннен бөлек суйенер таўы жоқ (М.Нызанов).
0 Шығанаққа сүйениў — қыялап жатыў, жамбаслаў.
Баймурат аға шығанағына суйенип, баласының сөзине кеўил қойып тыңдады (Т.Сейтжанов).