СҮЙЕМ
Қарақалпақша
ат. Бас бармақ пенен екинши (көрсеткиш) бармақты керғен аралығына тең өлшем.
Бир сүйем тахта көшеде жатырса: «Қайыққа жамаў болады», деп адамлар складка әкелип тапсырады (К.Султанов).
Саўаш хәр бир сүйем жер ушын болды (Қ.Досанов).
Соған, узынлығы бир сүйемдей еки дана алоэның жапырағын майдалап туўрайсаң (М.Нызанов).