⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮЙЕК II

Қарақалпақша

ат. Өлиниң денеси. «Усыннан өлип калсам! - дедим» — сүйегимди табыў ушын қалай жүрсем де, қамыслықтың басын буўып белги ислеп кетейин (К.Султанов). Қақпағын көтерсең - мәзи куў сүйек, Саўдырасып жатыр. Ал сыртын көрсең, — Арамейше жазыў. Ҳәм де еңиреп, Жыласқан хаяллар тири ме дерсең (И.Юсупов). Енди бир нәрседен кеўлим тоқ — қәйерде өлип қалсам да, сүйегим туўған жердиң топырағына араласады (М.Нызанов). 0 Сүйеги сипсе болыў — өлгенине көп ўақытлар өтиў, көп заманлар болыў. Тиримен деген еки ели қағазың келғенде Жәмийланың сүйеги сипсе болғанша жолында еки көзи сарғаймас па еди? (К.Султанов). — Қәўенлер баланың сүйеги сипсе болғаны қашшан! (М.Нызанов).