⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СҮЙГИЛИК

Қарақалпақша

ат. 1. Сүйген адам, жақсы көрген адам. — Он төртте отаў ийеси, Байға болсаңыз тийеси, Сүйгилик ярга бәршеси, Хызмет етип турар, қызым (Бердақ). Айсәнем өз сүйгилигин - қостарын, ғарры жалғыз тырнағын — баласын жоқлайды!... (К.Султанов). Кеўлимжай баяғысынша: — Аманлық, еситтиң бе, сүйгилигиңди жаў әкетти, — деди (Т.Қайыпбергенов). 2. аўыс. Ойнас, некесиз. Алма әлле биреўдии сүйгилиги болып қалған ба деген бир суўық сезим жүрегиме орала кетти (Ө.Айжанов). Оны сүйгилик ушын емес, сениң ақ саўсағын күйеге былғанып қараймасын деп алдым (К.Султанов). Хан басқа сүйгиликлеринен бундай сөз еситпегени ушын ба, я бурыннан еситилип жүрсе де, ақыллы, нәзик қызды көзи қыймағанынан ба, және дастыққа жығып: — Хәзирше бола бересең, — деди (Т.Қайыпбергенов).