⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫҚЫЛСЫЗ

Қарақалпақша

кел. Шырайсыз, келбетсиз, ажарсыз. Қуслардың ишинде меннен сықылсыз, меннен патас, жаманы жоқ (Қ.Айымбетов). Шерткени еле ҳәмменин, куўанышлы саз емес, Мийнетин терең тамырдың, емшектей емиўши, Сықылсыз қарам терис путақ, шынарда еле аз емес (И.Юсупов). Гилең жалаңаяқ, жалаңбас, өскин шашлы, бет-аўызлары кир-кир, балтырлары қара ғарғаның туяғындай, кийимлери қус түткендей сықылсыз балалар, бул далада бийғәрез өскен хош ийисли гүлдей ләззет берип, Амандықтың жүзи булт астынан шыққан айдай бирден жадырады (Т.Қайыпбергенов).