⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫТЫҚ

Қарақалпақша

ф. Сылыў, сыпырып алыў, жулып алыў. Қарақалпақлар малдың жилиншик сүйегин сытып алып, қорғасын қуйып, ойын ойнайды (К.Султанов). Қызлар туттың басынан, гүлгин жапырақ сытады (Т.Сейтжанов). Бегдулланың езиўи жайылып ҳәр баласының басынан бир сыйпалады, жорамалдан сытып үшеўине үш шабақ услатты, қалғанларын қыршыў ушын хаялына берди (Т.Қайыпбергенов). Обалына не керек, ақшаны сытып алған менен бизден жасырып хеш нәрсеге жумсамайды (М.Нызанов). 0 Сытылып қашыў — жаздырылыў, босаныў, шығыў. Өзи де оғыры қарыўлы, жүргенде аяғының астындағы орпаңлар бармағының арасынан сытылып қашады (Ш.Сейтов).