СЫРҒЫЎ II
Қарақалпақша
ф. Мийўе ағашларының, өсимликлердиң көп жемисли болыўы, мийўени көп бериўи, питиўи, малыныўи.
Олардың жиңишке шақалары жүгин көтере алмай төмен қарай ийилип, мийўелери сырғып тур (А.Бекимбетов).
Жол бойынша ол мени зерикпесин деди ме, үш жылға айра түсетуғын туўысқан көласына әйнектен қараў орнына келешегине ой жиберип, өзи әскерликтен келгенше көп көшелердиң асфальтланып, көп кабатлы жүзлеген жайлар салынатуғынын, жолдың еки бойына ғаз қатар быйыл егилген жемис ағашлары мийўеге сырығатуғынын айрықша ықлас пенен сөйледи... (Т.Қайыпбергенов).
Шийрин жүзим солқымлары, Жол бойында көзди тартып сырғыса, Теңизиниң толқынларын, Қақ айырып бекирелер ырғыса (И.Юсупов).