СЫРНЫҒЫЎ
Қарақалпақша
ф. Дәртин, машқаласын ишине салыў, қапа болыў.
- Турым сүйеў еди, оны да белларға жазыпты... - деп ғарры муңын шағып, сырнығып отырды, - хан сырымызды алды... (К.Султанов).
Оның ишинде тәнҳа өзине мәлим, қандай сыр бүкленип жатырғанын билмейтуғын аўылласлары жаслығына қарамай майып Жумабайға қосылып, татыў өмир баслағаны ушын айрықша хүрмет пенен қас-қабағына бағып, әлленеден сырнықса шад қылыўға тырысып жүрди (Т.Қайыпбергенов).
Отырып-отырып «неге келдим?» деп өзимнен өзим сырнығаман (М.Нызанов).