⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫРЛЫ I

Қарақалпақша

кел. Сырланған, сыр боялған, нағысланған. Сырлы зеренниң сыры кетсе де, сыны кетпес (нақыл). Алтын ғуббалы мешит медреселердиң сырлы, нағыслы дийўаллары ғалы паластай жарқырап тур (К.Султанов). Оннан кишкене сырлы тостағанға гөже куя баслады (Қ.Досанов). Сыны кетпес дейди сырлы табақтың, Қызларға бергисиз бадам қабақтым, Саўабы көп болар жақсы қонақтың, Аш деймен, бир ақшам мийман болайын (И.Юсупов). Ақырында Жуманазар қатарға келип отырып, сырлы лаўабы кесеге гулаб қуйып симирди (К.Кәримов).