СЫРЛАСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Ақылласыў, пикирлесиў, ойласыў.
Қыз бенен қупыя сырласыўға баратырған жигитке түнниң қараңғысы жақсы (К.Султанов).
Сәйир етип мен сәҳәр ўақта, Кирдим бир әжайып бағка, Жапырақ жамылып аўлақта, Бүлбиллерге сыр сырластым, Самал менен сыбырластым (И.Юсупов).
Ҳақыйқатында да, Маман менен сөйлесип, сырласып көргенде не қылады? (Т.Қайыпбергенов).
Ырасын айтқанда, оның меннен басқа сырласатуғын адамы жоқ еди (М.Нызанов).