⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫРЛАС

Қарақалпақша

кел. Бир-бирине сырларын исенип айтыўшы, мунлас, ақыллас, пикирлес адам. Бириң сиңлим, бириң үлкен курдасым, бурыннан-ақ ақылгөйим сырласым («Қырқ қыз»). Себеби, Халмураттың үш қатыны да бир-бирине жарысып, сырлас болып, ойнас тутатуғын еди (К.Султанов). Бир атың телпекдур, бир атың қураш, Заманында кийим болғаның ырас, Түрли баслар менен сен болып сырлас, Талай асыўларды астың, шөгирме (И.Юсупов). Маман бий Аманлық пенен қанша жолдас, қанша сырлас болса да, оған сыр айтып шағынбаған еди (Т.Қайыпбергенов). Сондықтан, Оксананың ең жақын сырласы мен, күйип-писсе де маған шағынады, куўанса да биринши маған айтып, жас баладай ушып-қонып келеди (М.Нызанов).