⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫПЫРА

Қарақалпақша

ат. (а. — сапар азығы). Қамыр ийлеў, жайыў ушын ҳәм ун салыўға арналып териден, басқа материалдан иеленген зат. Сыпырамда болмаса, шанашымда уным жоқ (А.Дабылов). Кимсени айырар сыпыра-шанаштан, Өлтир сол ийтинди Дүйсен қәндекли (Әжинияз). «Қоя тур!» деп, сыпырадағы унды да қағып салып атыр еди, оқыранған аттың сести еситилди (К.Султанов). Бети ун сыпырадай қатынек суўпыдан басқа еркек әўлады көринбейди (Т.Қайыпбергенов). Сыпырамда ун болғанда сизлердиң алдыңызға қоймас па едим? (К.Кәримов).
ат. 1. Қатар, топар. Ақыры бизлердиң бир сыпырамызға напака усы жақтан барады ғой (Ө.Хожаниязов). 2. Ҳәмме, барлық, түўел. Сыпыра бес тилла деп атыр, төрт тиллаға келиседи ғой (К.Султанов).