⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫПСЫҢ

Қарақалпақша

кел. Өсек, өтирик, жалған, жасырын гәп, сөз. Қудалар кеткен соң коңсы-қобада сыпсың көбевди (К.Султанов). Бир күни кеште, Бир мүйеште, Табысты еки көлеңке, Жолдан ығысып, Дийўалға жабысып, Сыпсың-сыпсың сөйленди (И.Юсупов). Ақбийдай ериниң неге қапа болғанын ертеңине, үйине келген кемпирлердиң сыпсың гәплеринен еситти (Т.Қайыпбергенов). Ата-анасы тис жарып ҳеш нәрсе демегени менен бийшара қызды жуўған хаяллар оның неден өлгенлигин билип қояды да, сыпсың-сыпсың гәп қылысады (К.Кәримов). Ҳөзир ондай сыпсың гәплер көп (М.Нызанов).