СЫНШЫЛ
Қарақалпақша
кел. Сынағыш, минегиш, аңлағыш.
Жаңалыққа адамлардың селтеңшил, сыншыл болатуғыны мәлим (Қ.Досанов).
— Бабаларыңа усап сыншыл болайын деп жүрсең бе? (К.Султанов).
— Алжастыңыз, бий! — десе де, бул сыншыл, серли бийден қәўипленип, изине ерген келиншегине қарады (Т.Қайыпбергенов).
Жигиттиң сыншыл нәзери сүллердиң хаял екенин аңғарды (К.Кәримов).
Лекин, сыншыл ақсақал мениң кейпимди андаған еди (М.Нызанов).