⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫНДЫРЫҚ

Қарақалпақша

ф. Бир затты бөлеклеў, майдалаў, бөлиў. Қара суўды тындырмаса, Қара тасты сындырмаса, Шөлге аўыл қондырмаса, Оданбасы деп ким айтар? (Бердақ). Өлимди неге бердиң, өмир бергеннен кейин? Гүл хеш солмаса екен бир көгергеннен кейин! Ылайы шала писти ме куйған гүзеңниң, ҳей, гүлал, Не ушын сындырасаң бир ислегеннен кейин? (И.Юсупов). Жасында молданың қызыл шыбығын сындырып, мектептен куўылған (Ш.Сейтов). Узын шылбырды қолынан шығармай, путалардың ушын сындырып, бир жерге жәмледи (К.Кәримов). «Отыз еки тисинди тамағыңа жиберемен», — деп жораңның үш тисин сындырдың ғо (М.Нызанов). 0 Сөзин сындырыў — кеўлин қалдырыў, айтқанын орынламаў, кеўлинен шықпаў. Сөзин сындырып көрмеген бай ағасының бул гәпинен кейин отыра алмады (Т.Қайыпбергенов). Нан сындырыў — ант етиў, шәртлесиў, ўәделесиў. Нан сындырып Хийўа ханнан қайтқанда, Айып билмес хаслың натық қолдаўлы (Әтеш). Тас сындырыў — тас басыў, салмағы аўыр болыў. Жеделленип ерлик иске киргенде, Ҳәр күн тас сындырып пахта тергенде (Т.Сейтжанов).