⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫМПЫЙЫЎ

Қарақалпақша

ф. Барлық заттан айырылыў, журдай болыў. Бар-жоғынан айрылып, қалған екен сымпыйып (А.Беғимов). Сениң мынаў тырнағыңа жетпейтуғын жиғитлерден сөз еситип, сымпыйып жүрисиң (А.Бекимбетов). — Неси қыйын? Алсын қафир сазасын, — Деди Әмет ишке жыйнап ызасын, Деди Қурбан: — Сыр ашылса сымпыйып, — Жалғыз өзим тартаман ба жазасын? (И.Юсупов). Олардың ата-анасы алдына сымпыйып кирип барыўынын да қыйын екенлиғин көз алдына келтирди (К.Кәримов).