СЫЛДЫРЛЫ
Қарақалпақша
ат. Тысырлы, шытырлы, сытырлы, суўдырлы.
Самал менен шайқалған қумыстардың сылдырлысы, дәрьядағы өркеш толқынлардың гүрилдиси, даўылдың ысқырған сести Қәдирди услаў ушын басып киятырған жаўдын әбеший дүсирлисиндей еситилди (К.Султанов).
Пантон көпиринде өзим қарсы алған, Дарниңа таңлары, муҳаббатым сизге, Сылдырлысы саздай ядымда қалған, Киев қаштанлары, муҳаббатым сизге (И.Юсупов).