⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Сыйпаў, сүртиў, майлаў, жағыў, сыбаў. Киндигин сайлап кестирди, Сылап бойларын өстирди («Мәспатша»), Тостағаннан салынған жүўерини аса бир қәдирли зат киби қолы менен бир сылап қойды (К.Кәримов). Мен сылаған қолларды меннен бурын сен сыладың-ә?!(М.Нызанов). 0 Өне бойын сылаў — ҳәмме жерине жағыў, сүртиў, майлаў. Маңдайынан акқан ол тери, От басқандай батырдың, Өне бойын сылады («Қырқ қыз»).