СЫЙЫР
Қарақалпақша
ат. Қара малдың урғашысы, үй хайўаны.
Қырда суўынның мүйизине урсаң, ойда сыйырдың мүйизи сырқырайды (нақыл).
Сыйырдың сүтин берген (Ж.Аймурзаев).
Баяғыда бизде оқый ғой десе, «бузаўым сыйырымды емип кетеди» — деп қашыў менен жүрдиң! (К.Султанов).
Еки қара сыйыр жамғырды сезип, Ийесин шақырғандай мөңирер тынымсыз, Гүлдирмама пөстек сабаған гези, Сыйыр даўсын еситип үйден шықты қыз (И.Юсупов).
Қыркдаған сыйырды еки қара атлы айдап баратыр (Т.Қайыпбергенов).
Келсем, экранда ярым жалаңаш қызлар менен шашларын желкесинен байлап алған жигитлер бир-бири менен сыйырдай жаласып, емески жақтылы сарайда ойнап жүр (М.Нызанов).