⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЙЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жайғасыў, орнасыў. Алалмай көз жасын тыйып, Қол-аяғын арқан қыйып, Тарығып, тар жерге сыйып, Күгә азап шеккен екен (Бердақ). Өзим сыйғандай орын таярладым (Ж.Аймурзаев). Қара үйге кирсе ким сени кийип, Келдиң ергенекке сен зорға сыйып, Пүтин тери зая болмасын дийип, Бабам байғус үйе салған шөгирме... (И.Юсупов). — Ҳәй, қараўыл, аш есикти! — деп дох урды «Жигули»ге зорга сыйып отырған дәпең қара жигит ҳәм үсти-үстине сигналды басып-басып жиберди (М.Нызанов). 2. Онысыў, ислесиў, келисиў.