⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЙПАЎ

Қарақалпақша

ф. Қол менен байқап көриў, сыйпалаў. — Қудағай, айта алмай жүрген қупыя гүрриңим бар еди — деди сақалын сыйпап (К.Султанов). «Шайыр, усайды ғой сенде йош барға!» Деп күлген жүзиңе мен едим ҳәўес, Сол өзиң сыйпаған қара шашларға, Қыраўтүсти, бирақ гәп онда емес (И.Юсупов). Жас үлкенлери сақалын сыйпап, жас кишилери қозғалысып, әлле қандай мақтанышлы кейипте, жалғыз ғана Оразан батырға емес, бир-бирине қарасты (Т.Қайыпбергенов). Мәрдикарға кететуғынлар жыйналып болды ма? — деди жарасықлы муртын бир сыйпап қойып пристав (К.Кәримов).