СЫЙЛАСЫЎ
Қарақалпақша
ф. Бир-биреўди ҳүрметлеў, иззет етиў, қәдирлеў.
Қуда болғанша қулын, байын сорас, Қуда болған соң қул болса да сыйлас (ққ.х.н.).
Бул бенделер бири-бирин қыйнасып, Жүре берсин гә айтысып, сыйласып, Ялғаншының сирисинен бир басып, Жыртық ботинкидей кийер Әскербай (И.Юсупов).