⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫЙЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Ҳүрметлеў, қәдирлеў, иззет көрсетиў. Сыйлағанды сыйыр билмес, сыйпағанды ешек билмес (ққ.х.н.). Дуўры тутсаң нийетиңди, Халыққа бурсаң бетиңди, сыйласаң ғәрип-жетимди, Шын азамат боладурсаң (Бердақ). Ата сыйлаў, ана сыйлаў — парызың, төле заңғар, ақ сүт берген қарызың (Т.Жумамуратов). Кемпир қанша ашыўға минсе де, ерин сыйлап, беденине қол тийгизбеди (К.Султанов). Ышқы отында жанын қыйнай билмеген, Азаматлық арын ойлай билмеген, Өмирлик жолдасын сыйлай билмеген, Жигит ол адамның жаманы болар (И.Юсупов). — Кет, Аманлық, мени сыйласаң кет! (Т.Қайыпбергенов). 2. Мийман, қонақ етип күтиў, хызмет етиў. Мийнет пенен жанды қыйнап, Көрмей бир күн қонақ сыйлап, Ишпей-жемей малды жыйнап, Қашан рәхәтланадурсаң? (Бердақ). Қумархан бизлерди жақсылап сыйлады (Ш.Сейтов). Айтпақшы, бүғин дайысын не менен сыйлар екен (Ө.Айжанов). Бизлердиң киширек бала ўақтымызда есигине «қудайы қонақпан» деп келген адамды төрге шығарып, аўқаттан кеш келсе арнап қазан көтерип, қудайдай сыйлайтуғын еди (М.Нызанов).