СЫЗЫЛЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Белги салыныў, сызық ислениў.
Бәйит хатқа сызылып тур, Жарлы-гедей езилип тур, Заман белли бузылып тур, Әдил заман келер ме екен? (Бердақ).
Оның көзлеринен еки тамшы жас бетиниң алмасынан сызылып ағып түсти (М.Нызанов).
2. Асықпаў, созыў.
Сапарға емиренип, сағынып мың қараған шығар, бирақ жигиттиң қапталына келген соң сызылып бир қарады да, Нысанға топылды (К.Султанов).