СЫБЫРЛАНЫЎ
Қарақалпақша
ф. Өз-өзине әсте сөйлеў.
Ол қосықты еситпедим мен бирақ, Бир ғәлетий сезим ышқында жандым, Қарсымда отырған гөззалға қарап, «Экспорт министри ...» — деп сыбырландым (И.Юсупов).
Кемпир лаўдан көйлегиниң жеңи менен көзиниң жасын сыпырып, еки қолының алақанына телмирип қарап көгерген еринлерин жыбырлатып, ишинен сыбырланып отыр еди, даладан күлисип Сапар менен келини Жәмийла кирип келди (К.Султанов).
- Не ушын, не ушын? — деди наразы Аллаяр сыбырланып (Т.Қайыпбергенов).
— Қоя ғой, уятты, мына адамлар бар, — деп сыбырланып жалынды қолынан жетеклеп киятырған Қаржаўбай аға (М.Нызанов).