⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СЫБЫР

Қарақалпақша

ат. Әсте айтылған сөз, жасырын сөйлесик. Биреўлердин сыбырын еситти (Ж.Аймурзаев). Есенгелди бийдиң таза отаў тиктирген тойы қаққында сыбыр-сыбыр гәплерден Бегдуллалар да еситкен менен аўылының тойға шақыртылмағаны ушын, (бий, кеўил берип тойға шақыртылғандай бардамлы үй аўылынан табылмады) қеш кимниң басы айналмаған еди (Т.Қайыпбергенов). Ҳүкимдар қәм оның әтирапындағылар узақ ўақыт бир-бири менен сыбыр-сыбыр болып қалды (М.Нызанов). 0 Сыбыр соқпақ — жасырын жиңишке жол. Атыз-арықты да, қәр үйге баратуғын сыбыр соқпақты да билемен (Ө.Хожаниязов). Қәдир күндеги сыбыр жолы менен балық толы шананы қалың қардың үстинде табанлап тартып киятыр (К.Султанов).