⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУҚПЫ

Қарақалпақша

ат. (а. — жун гезлеме). Қудайға берилген, дин жолына түсип бул дүньяның машақатынан кешкен, ахун-ийшанға қол берген адам. Ҳәр ким суўпы болса нәпси кем болар, Кеўили өлип, ҳалы жайда гүм болар (Әжинияз). Бердимурат суўпы болдың, Сен кимлерге усас болдың? Мудам елге несип қуўдың, Несип болмады ақыбет (Бердақ). — Бул киси аўылымыздың абырайлы ақсақалы Өтеп молла деген, — Теңел суўпы қудалардан кеширим сорап, өзиниң дилўарлығын сездиргиси келди (К.Султанов). Оның тура беретуғынын билгеннен кейин суўпының өзи келип қыздың өңир түймесин жаздырды (Т.Қайыпбергенов).