⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУҚ

Қарақалпақша

кел. Суғанақ уры, қарақшы, қызғаншақ. Гейде услағандай жаўдың суқ қолын, Епшил саўсақлары жумылар оның (И.Юсупов). Амандықты ҳаўлықтырған нәрсе бийтаныс мәканда суқ қолларға тап болып ешегинен айырылып қалыў қәўпи еди (Т.Қайыпбергенов). 0 Суқ бармақ — бас бармақтан соңғы бармақ. Суқ бармағын шекесине апарып, ойланып отырды (Т.Қайыпбергенов). Ережеп суқ бармағы менен қумға сызықлар сыза баслады (К.Көримов). Оксана мениң саўалымды еситпегендей болып турды да, бирден оң қолының суқ бармағы менен мурныма шертип жиберди (М.Нызанов). Суғы өтиў — ықласы кетиў, жақсы көриў, көзи тийиў. Моллеке суғың өтти қозыма мениң, бул қозыма нәзериң сиңди сениң (Әжинияз). Жем көрген қырғыйдай жигит жутынып, Аш нәзерин тикти суғы өткенше, Жүреги шәўкиддеп, көзлери тынып, Асықты сол қызды куўып жеткенше (И.Юсупов). Суқ шығарыў — бир жанлы ҳайўан менен «қақтырыў», садақа бериў. Тез суқ шығартып жибере ғой (К.Султанов). Суқ жабысыў — тили өтиў, көзи тийиў. Қызында тил, суқтан жабысқан дәрт бар екен (К.Султанов).
ат. Реңсиз, тынық, таза түринде кислород ҳәм водородтың химиялық бирикпесинен қуралған түссиз суйықлық, тәбиғатта муз ҳәм пуў қалында да ушырайды, барлық тири организмлердиң қәм көп ғана элементлердиң қурамында болады. Өңиринде шайқалған жас қара тал, Әмиўдәрья суўларынан нәр алып, Қубласында шөккен нардай Қаратаў, Аркасында ақ сазанлы Аралы... (И.Юсупов). Қоңсы еллер менен жер қәм суў мәселесин келисип алмаса болмас екен (К.Кәримов). 0 Аўзынан суўы ағыў — ықласы кетиў, алғысы келиў, қызығыў. Ҳәр сапары, Маман аўзынан суў аққанша берилип тыңлады (Т.Қайыпбергенов). Мойны кыйсайып, аўзынан суў ағып жүр (М.Нызанов). Аўзына суў уртлаў — сөйлемеў, айтпаў, үндемеў. Чеканканың ўақтында неге аўзыңа суў уртлап алдың?! (М.Нызанов). Суў алыў — дәстүр бойынша үйге келген мийманның, қонақтың қолына суў қуйыў. Келин мийманның қолынан суў алды (М.Нызанов). Гегирдекке суў бүркиў — қандай да бир мәселе үстинде тартысыў, айтысыў, түсиндириўге умтылыў. Қулласы, арза бир жақта қалды, биз басқа темада кегирдекке суў бүркиўге өтип кеттик (М.Нызанов). Суў жуқпас — өтирикши, жалатай. Суў кетиў — туўыў ўақтында бала туўылмастан бурын қаялдың жатырынан баланың туўылыўына жәрдем бериўши суйықлықтың ағып кетиўи. Баладан бурын, қаялдан көп муғдарда суў кетип қалған (М.Нызанов). Суўға кетиў — адамның мол суўлы дәрья, каналға мантығыўы. Бир мәҳәл суўға кетип баратырған маған көзи түседи де, дәрҳәл жағаға қонып, өзин суўға атады (М.Нызанов). Суў көз — жылаўық, кәўли бос, реҳимли. Өзи сондай суў көз ғарры екен (Т.Қайыпбергенов). Сиркеси суў көтермеў — ҳеш нәрсени жақтырмаў, ашыўшақ болыў. Қанатлары қағаздай, Гүл-жапырақ көрпеси, Бир сөз айтсаң, өкпелер, Суў көтермес сиркеси (И.Юсупов). Ўақты келип өзи ашылыспаса ҳәзир сиркеси суў көтермей киятыр (М.Нызанов). Суўы қайтыў — темир, полат қураллардың өтпес болып қалыўы. Аўзының суўы қурыў — көзи қызыў, қумартыў. Қара суў — қайнамаған, қам суў. Қара суўын тындырмаса, Қара тасты сындырмаса, Шөлге аўыл қондырмаса, Одамбасы деп ким айтар? (Бердақ). Суў мурын — сүмир, сылбыр, жылаўық. Суў мала — салы егиси ўақтында суўы бар атызға мала басыў. Толтырдым суўдан шаласын, Қалдырмай нәрсе аласын, Тегис болсын деп суў маласын, Бастым, қуда бергей бизге (Бердақ). Ал дийқан болса атызын суўғарып, базардан қырмызы шалының туқымын әкелип, өгизди жегип енди суўмала қыламан, деп нийетленип отырған болса? (К.Кәримов). Суў пери — аңыз, әпсана, ертеклердеги қыялый қаҳарман. Суў пери суў шашып, салды айбарақ, Жигит басым келди периге бирақ, Қолаң шаштан тутып алып сүйреди, «Қулың болайын деп жерди сүй!» деди (И.Юсупов). Суў серпкендей — тым-тырыс, ҳешбир сес жоқ. Барлығы суў серпкендей тыңлап отыра қалды (Т.Қайыпбергенов). Суў тебиў — суўдың ҳәдден тыс моллығы, көп муғдарда болыўы. — Улыўма, Мойнақта ҳәр бир үйдиң босағасының аўзына дейин суў тебип туратуғын еди (М.Нызанов). Суў шайпалмас — тегис, қозғалмайтуғын, қыймылдамайтуғын. Мениң өзим торқа болсам, Суў шайпалмас жорға болсам, Қызлар салған сырға болсам, Қулағында турмаспедим? (Бердақ).