СУС
Қарақалпақша
ат. Айбат, қәҳәр.
Бир нешени сусы менен өлтирген, Жилўа әйлеп өлтиргенди күлдирген (Әжинияз).
Түнниң үрейли сустынан қоркқандай ериншек шабыра толқынлардың шырып-шырып еткен ҳәлсиз сести бар (К.Султанов).
Талай саўашларда кдн төгип, өлимге көзи үйренген мәртлер душпанның сустынан дизелери кдлтырап тур еди (К.Кәримов).
0 Сусы басыў — айбаты, қәҳәри басым болыўы, өткир болыўы.
Жүзиме жалт қарағанда оның, сулыўлығының сусы басты ма, мен уялғандай болып төмен карадым (Ж.Аймурзаев).
Көтер басты! Қайда сениң, Еркеклерди басқан сусың? Жолбарыстың жаў бүйрегин, Жулып жеген ғайбар күшиң? (И.Юсупов).
Қалай деген менен сулыў қыздың сусты басар, бирақ рети келсе гәп таўып отырғым келер еди (М.Нызанов).