СУЛЫЎШЫҚ
Қарақалпақша
кел. Сулыў, шырайлы, формалы, көркем.
Сакал-мурты жаңа-жаңа тап берип киятырған сулыўшық жас жигит (Ө.Айжанов).
Сүўен жаклы, сулыўшық, сүлингир арық бала сур шекпениниң жағаларын дүзестирип, шәбби асықтай шырп етип түргелди (Т.Қайыпбергенов).
Оның қарсысында министрликтиң терапия бойынша бас қәнигеси Дәўлетбийке апа, оның қарама-қарсысында шашлары кдра деп қара емес, сары деп сары емес, аралас, қаслары, көзлери қарадан келген, ақкуба, сулыўшық бир рус қызы отыр екен (М.Нызанов).