⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУДЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Суд тәртиби менен ис қараў, адамның тәғдирин шешиў, судта қараў, шешиў. Усындай еткени ушын Елмурат ғаррыны судлаў керек (Ж.Аймурзаев). Жасы он сегизге толмаған қызды бузғаны ушын я судлатаман, я ҳәзир үйине барып от беремен! (Т.Қайыпбергенов). Лекин, айыбы бар: — судланған, бирақ аса қәўипли жынаят ислемегени ушын кеширим берилген... (М.Нызанов).