СУД
Қарақалпақша
ат. (р. — ис, ҳүким).
1. Белгили бир нуқаралық (айырым адамлар ямаса кәрхана ҳәм шөлкемлер ортасындағы, адамлар менен мәкеме ҳәм шөлкемлер ортасындағы) тартысларды шешиўши хәм де жынайый ислерди көрип шығыўшы — әдил судлаўды әмелге асырыўшы мәмлекетлик орган.
Арадан бир ярым ай өтип судқа шақырылдым (М.Нызанов).
2. Сол мәкеме хызметкерлери яки ағзасы.
Булар квартира даўы менен бир неше мәртебе халық судының алдына барды, судтың да басын қатырды (Қ.Айымбетов).