⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУЎЫТЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Суўық болыў, аяз тартыў. Сонлықтан күнниң суўытқанын тилеп, түнде жулдыз санайды (К.Султанов). Күн бирден суўытты (Т.Қайыпбергенов). 2. Дем алдырыў, тындырыў. Атты суўытыў. 0 Қолды суўытыў — истиң пәтин түсириў, иске кесент бериў. Иске қумбыл адамның қолын суўытыўға бола ма? (Т.Қайыпбергенов). Түсин суўытыў — түри бузылыў, ашыўланыў. Бий муртының астынан ҳеш кимге билдирмей өзинше күлип, және суўық түси менен жигитлерге қарады (Т.Қайыпбергенов). Кеўилин суўытыў — жақсы көрмеў, кеўилине унамай қалыў, ренжитиў, өкпелетиў, кеўилин қалдырыў. Қәпелимде оннан кеўлин суўытты (К.Султанов).