⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СУЎЫН I

Қарақалпақша

ат. Арқада жасайтуғын шақы путакды яғный айры шақлы, қос туяқлы, гүйис қайтарыўшы, сүт емизиўши ҳайўан. Қырда суўынның мүйизине урсаң, ойда сыйырдың мүйизи сырқырайды (нақыл). Кумырсқа бел ме, тышқан из бе, суўынның шақы ма, қысқасы қайсы дәскедеги нағысқа зейин аўдарсан да, «мен қалайман?» деп барлық өнерин отаўға келген қонаққа сынатып турғандай жалт-жулт етеди (К.Султанов). Мен суўын болыўды әрман етпеймен, Айттым тек те сени сүйгенлигимнен, Абхаз тәбиятының ышкысында мен, Достым Гего яңлы күйгенлигимнен (И.Юсупов). Олардың ишинде таў арқары, аяғын созып жатырған арыслан, шакдары путақ-путақ болып кеткен суўын, және мен танымайтуғын әлле кимлердиң бюстлери бар еди (М.Нызанов).