СУЎЫЎ II
Қарақалпақша
ф. Ренжиў, өкпелеў, унамаў, жақсы көрмеў, ара үзилисиў, кеўли қалыў, ренжиў.
Есенгелди жасаўыллардың хабарын еситип, аўылға суўып қайтыпты (К.Султанов).
— Суўсызлық дәртиниң несин айтасаң, Атыз беттен қолың суўып қайтасаң, Еки жылдан берли егинде сән жоқ, Телпегиң түседи басты шайқасаң (И.Юсупов).