⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СТОЛ

Қарақалпақша

ат. (р. — орынлық, тахт). 1. Дастурхан жайыў ямаса ислеў ушын арналған, тирепберди аякдарға орнатылған кең ғоризонт тахталы, ағаштан ҳәм басқа да нәрселерден иеленген үсти тегис мебель түри. Стол үстиндеги газета, журналлар жатыр (С.Хожаниязов). Ниязов столды адамларға көтерткизип, сахнаға әкелип қойды (К.Султанов). Қызыл шыт төселген узын столды жағалап онлаған комиссия ағзалары отыр (Т.Қайыпбергенов). Ресторанларда да болатуғын еди ғо, бир столдан екинши столға поднос жибериў (М.Нызанов). 2. Айырым мәкемелердиң бөлимлериниң аты. — Паспорт столға барасаң, мениң туўылған күним 31-декабрь емес, 1-январь екен дейсең (М.Нызанов).