⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

СОҢҒЫ II

Қарақалпақша

тир. Кейин, изинен. Келешекти үмит пенен болжаған, Урыстан соңғы жыллар еди ол заман, Отсыз жайда жазыўға қол жуўыспай, Дәўетиңе қуйған сыяң тоңлаған (И.Юсупов). Жандос байдың буннан соңғы гәпи Қоңырат урыўының «тарийхы» болды (Т.Қайыпбергенов). СОҢҒЫЛЫҚ рәў. Келешек, ақырғы ўақыт. Бул нәрсе соңғылықта өзиңизге үлкен сабақ болады (А.Бекимбетов). Соңғылығын ойлап артын алып та қалды (М.Абдирейимов). СОҢ-СОҢ рәў. Бара-бара, келе-келе, кейнинен. Соң-соң қосық айтыў да умытылды (Т.Қайыпбергенов). Соң-соң ети қызып бурынғысындай болып кетти (А.Әлиев). Биз оның менен алты айға дейин дәслебинде ҳәптеде бир рет, соң-соң күн ара геўгимлетип ушырасып турдық (М.Нызанов).